Қарақалпақстандағы Қоңырат қазақларының сөйлесимине қоңсылас тиллердиң тәсири
Мақалада Қоңырат районындағы қазақлардың сөйлеў тилиниң тил өзгешеликлери сөз етиледи. Атап айтқанда, қарақалпақ, өзбек ҳәм түркмен тиллериниң қоңысыласлық тәсири астында пайда болған лексикалық өзгешеликлер анализленеди. Мақалада жергиликли қазақлардың тилиндеги басқа тиллерден кирген сөзлердиң өзине тәнликлерине итибар қаратылады. Тиллердиң өз-ара тәсириниң әҳмийетине тоқталып өтиледи.